Taxtako'pir 4-sektor

Taxtako'pir 4-sektor

Share

Taxtako'pir 4-sektor

Photos from Taxtako'pir 4-sektor's post 25/01/2023

Тахтакөпир районлық ҳакимияты имәрати
-2023 жыл 23 январь " Семинар "
-2023-жылдан тəдбиркарлар ушын салық жаңалықлары
Қарақалпақстан Республикасы салық басқармасында 2023-жылдан салық нызамшылығына киритилген соңғы өзгерислер, жаңалықларды исбилерменлик субектлерине жеткериў мақсетинда семинар болып өтти.
Атап айтқанда, семинарда сөзге шыққанлар тәрепинен:
2023-жылдың 1-январынан баслап Қосымша қун салығы ставкасы 15 проценттен 12 процентке түсирилиўи;
Қапланатуғын ҚҚСның тийкарлылығы бойынша камерал салық тексериўин өткериў мүддети 60 күннен 30 күнге шекем қысқартылыўы;
2023-жылдың 1-февралынан баслап нефт өнимлери ҳәм ислеп шығарылатуғын алкоголь ҳәм темеки өнимлери бойынша акциз салығы ставкалары 10 процентке индексация қылынбақта. 2023-жылдың 1-январынан баслап алкоголь ҳәм темеки өнимлерин импорт қылыўда акциз салығы ставкалары 5 процентке азайтылғанлығы ҳәм 5-тайипадағы районларда Жеке исбилерменлер дəрамад салығыниң қаттий белгиленген суммаларын төлеўден азат етилгенлиги ҳəмде басқа да өзгерислер ҳаққында атап өтилди.

Want your business to be the top-listed Government Service in Nukus?

Click here to claim your Sponsored Listing.

Location

Telephone

Address


Qaraqalpaqstan
Nukus